Telegram karinform

Технология

  • 24.06.2019 16:22
  • 1726

ТИТУ Нөкис филиалының студенти жаңа мессенджер жаратты. Ол «Hellogram» деп аталады


Әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының 2-курс студенти К.Зокиров «Hellogram» деп аталған мессенджер жаратты. Бул ҳаққында филиал баспасөз хызмети хабар берди.
- Бул мессенджерде пайдаланыўшылар тек ғана админ тәрепинен блокланады. Усы тәрепинен месседжер басқаларынан ажыралып турады. Бул адамлар арасындағы ҳәр қыйлы түсинбеўшиликлердиң алдын алады. Себеби, программа инсанларға тән болған қатнасықларды түсинбейди. Сол себепли, месенджерде пайдаланыўшылар тек ғана админ тәрепинен блокланады. Мессенджер позитив қатнасықларға бағдарланған болып, қосымша Music, Video, Player хызметлери де орын алған, - дейди мессенджер жаратыўшысы.
Мағлыўматларға қарағанда, мессенджерди жақын күнлерде интернет тармағы арқалы жүклеп алыў имканияты жаратылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте