
Өзбекистан Республикасында сўм қағаз купюралар менен биргеликте тийинлер де ислеп шығарылған еди. Бирақ, бир неше жыллардан берли тийинлер не ушындур айналыста онша қолланылмады. Тийинлер рәсмий түрде қолланыўдан шығарылмаған болса да, халық оның орнына қағаз пулдан пайдаланыўды мақул көрди. Соңғы жыллары 200 сўмлық қағаз пуллардың пайдаланыўға жарамсыз болғанлығы ушын банклер тәрепинен және 100 сўмлық тийинлер қайта иске қосылды.

Бул тийинлер, әсиресе, жөнелисли таксилердиң басқарыўшыларына пайдаланыўда қолайлықлар жаратпақта.
Сахибжамал Есемуратова