Telegram karinform

Спорт

  • 28.10.2017 13:28
  • 2273

2018-жылдағы жәҳән чемпионатының тобы қандай болады?



Футбол бойынша ҳәр төрт жылдан бир өткерилетуғын жәҳән чемпионаты ҳәр қыйлы өзгешеликлери менен ядта қалады. Шөлкемлестирилиўи, стадионлар ҳәм олардағы байрам тамашалары, қызғын беллесиўлер ҳәм әжайып голлар тамашагөйлердиң ядында көп ўақытқа шекем сақланып қалады. Ҳәр бир чемпионаттың тийкарғы символларының бири топ екенлиги белгили. Футбол жанкүйерлери ҳәр чемпионаттың топларын бир-биринен ажыратып отырады. «+Teamgeist», «Jabulani» ҳәм «Brazuca»ны жақсы биледи. Ал, 2018-жылы Россияда болып өтетуғын жәҳән чемпионатының тобы қандай болады?



Социаллық тармақларда усы чемпионат ушын «Adidas» фирмасы тәрепинен арнаўлы ислеп шығылған топтың сүўретлери пайда болды. Мағлыўматларға қарағанда, топты расмий түрде таныстырыў 9-ноябрь күни болып өтеди.
Мағлыўмат ушын, усы күнге шекем келеси жылы мундиалда қатнасатуғын 23 сайланды команданың аты белгили болды. Олар арасында Исландия ҳәм Панама сайланды командалары өз тарийхында биринши мәрте мундиалда қатнасады. Чемпионат 2018-жылдың 14-июнь – 15-июль күнлери аралығында болып өтеди.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

Уқсас жаңалықлар

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

    Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи...

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина