Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.07.2019 16:18
  • 1322

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысына Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры ҳүрметли атағы берилди


Тастыйықланған мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Нөкис қаласындағы Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам оқыў орны директоры Шамсуддин Баҳауддиновқа Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры ҳүрметли атағы берилди.
Мағлыўмат ушын, Шамсуддин Баҳауддиновтың авторлығында «Кәмил инсан», «Саламат ана ҳәм бала – жәмийет гиреўи», «Ораза пазыйлети», «Намаз оқыў қағыйдалары», «Марҳумларға азар бермейик» (Диний орталықты саламатластырыў, муқаддес ислам динин сап ҳалда халқымызға жеткериў), «Қурбанлық китабы», «Сарф сабақлығы», «Шамаили Муҳаммадия» (дүнья жүзи халқына ибрат болатуғын ең пәк ҳәм гөззал қәсийетлер ийеси Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўассалламның сыпатлары); «Ибадати Исламия» (Дин ҳәм шәрият, итиқад, әмел мәселелери); «Ислам мәрипаты: негиз ҳәм түсиник» (Ислам дининиң бүгинги тарийхы, турмысымызда тутқан орны ҳәм әҳмийети), «Ислам динине улыўма тәрийп» («Ислам дининиң мазмун-мәнисин түсиндириўши), «Ҳаж ҳәм умра қолланбасы» (Ҳаж ҳәм умра ибадатына тийисли мәселелер), «ИШИМ (Ирақ, шам ислам мәмлекети) фитнасы», «Интернетке ин қурған өрмекшилер» (Социаллық тармақлардан қорғаныўдың әҳмийети) ҳәм тағы басқада китаплар баспадан шығарылып, халқымызға инам етилген.
Сондай-ақ, «Қураны кәрийм мәнилериниң қарақалпақ тилинде аўдарма ҳәм тәфсири» китабының жарық көриўинде Шамсуддин Баҳауддинов белсендилик көрсеткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы