Қарақалпақстанда көплеген таңқаларлық орынлар баршылық. Елимиздеги дузлы суў ҳаққында еситкенсиз бе? Жасы үлкенлердиң аязларын сондай-ақ, ҳәр түрли кеселликлерин емлеў ушын жаздың ыссы күнлеринде қумға ямаса дузлы суўға баратуғынлығын билемиз. Хош, бул қандай орын? Нөкис қаласынан арқа районларға қарай кететуғын жолдың бойынша дузлы суў бар.
Оның дузлары жер астынан шыққан болып, алыстан аппақ қарға уқсап көринип турады. Онда шомылған адамның денелерине дузлар жабысып қалады. Дузларды қолыңыз кысымлап алсаңызда болады.
Қызығы, суў онша терең емес, бирақ, суўдың түбинде отырыў мүмкин емес. Себеби, дузлы суў қәлеген дене ямаса буйымды жоқарыға қарай көтерип жибереди. Бул орын көпшиликтиң аўырыўына ем болады деп еситкенбиз. Бирақ, онда шомылғаннан соң үш-төрт күн жыллы сақланыў керек екен.
Сахибжамал Есемуратова