Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.07.2019 15:53
  • 1058

Енди ТашПМИ Нөкис филиалына төлемсиз ҳүжжет тапсырыўға болады

Енди ТашПМИ Нөкис филиалына төлемсиз ҳүжжет тапсырыўға болады
Орта билим бериў мәкемелерин алдынғы жылларда тамамлаған абитуриентлерге тест сынақларында қатнасыў ушын ең кем айлық мийнет ҳақының ярым есеси (101мың 365 сум) муғдарында төлем белгиленген. ТашПМИ Нөкис филиалына ҳүжжет тапсырмақшы болған кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын пулсыз ҳүжжет тапсырыў имканияты жаратылды, деп хабар бермекте усы филиалдың баспасөз хызмети.

Филиал директоры өз есабынан республикамыздың арқа районлары – Мойнақ, Тахтакөпир, Қараөзек, Кегейли, Шымбай, Шоманай, Қанлыкөл ҳәм Қоңыраттан келип ТашПМИ Нөкис филиалында оқыўды қәлеўши, бирақ ҳүжжет тапсырыўға имканияты болмаған абитуриентлерге жәрдем беретуғынлығын мәлим етеди. Бул имканияттан пайдаланбақшы болған жаслардың билими сынақтан өткериледи ҳәм унамлы нәтийже көрсеткен абитуриентлердиң төлем пуллары филиал директоры тәрепинен өз есабынан төлеп бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...