Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.07.2019 17:00
  • 1151

Халықаралық Ислам академиясының Қарақалпақстан Республикалық аймақлық филиалы өз жумысын баслады

Халықаралық Ислам академиясының Қарақалпақстан Республикалық аймақлық филиалы өз жумысын баслады
Бүгин, 11-июль күни пайтахтымыздағы Имәм ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешитиниң мәжилислер залында имәм-хатиблердиң билимин жетилистириў бойынша оқыў семинары болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хабар берди.
Семинардың ашылыўына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы А.Сейтимбетов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов ҳәм бир қанша билимлендириў мәкемелери, жоқары оқыў орынларының ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар, мешитлердиң имәм-хатиблери, Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам оқыў орнының оқытыўшылары ҳәм тыңлаўшылары қатнасты.
Халықаралық Ислам академиясының Қарақалпақстан Республикалық аймақлық филиалы өз жумысын баслады
Илажды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Илаж даўамында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы қатнасыўшыларға Өзбекстан халықаралық Ислам академиясының Қарақалпақстан Республикалық аймақлық филиалы директоры Әмет Абибуллаевты таныстырды.
Халықаралық Ислам академиясының Қарақалпақстан Республикалық аймақлық филиалы өз жумысын баслады
Мағлыўмат ушын, академияның республикамыздағы аймақлық филиалы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы диний тараў қәнигелериниң билимлерин жетилистириўге хызмет етеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...