Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.07.2019 16:08
  • 1457

НМПИдиң магистратура қәнигеликлерине неше ҳүжжет қабылланды?

НМПИдиң магистратура қәнигеликлерине неше ҳүжжет қабылланды?
Хабарыңыз бар, барлық жоқары оқыў орынларының магистратура бағдары ушын қабыллаў 1-30-июль аралығында даўам етеди.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының магистратура қәнигеликлери ушын 2019-2020-оқыў жылына улыўма 96 орын ажыратылған болса, соннан 25 мәмлекетлик грант, 71 төлемли контракт тийкарында талабанлар қабыл етиў белгиленген.
Өткен жылы магистратура қәнигеликлери 14 болған болса, быйылғы жылы олардың қатарына жаңадан инглис тили, қазақ тили ҳәм әдебияты, химия, география, технологиялық тәлим қәнигеликлери қосылып, улыўма қәнигеликлер 19 ға жетти.
Қабыллаў комиссиясының берген мағлыўматларына қарағанда, усы күнге шекем төмендеги қәнигеликлерге талабанлардан ҳүжжетлер қабыл етилген:

5А110701 - Билимлендириўде мәлимлеме технологиялары – 1;
5А110401 - Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (биология) – 2;
5А111401 - Шет тили ҳәм әдебияты (инглис тили) – 3;
5А110301 - Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (химия) – 2;
5А111701 - Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (баслаўыш билимлендириў) – 1;
5А112101 - Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (технологиялық билимлендириў) – 1.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында