Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.07.2019 20:22
  • 1106

Қарақалпақстанлы неше спортшы кириў имтиханларысыз ЖООға қабылланды?

Қарақалпақстанлы неше спортшы кириў имтиханларысыз ЖООға қабылланды?

Елимизде басқа тараўлар қатары дене тәрбия ҳәм спорт тараўына да кеңнен итибар қаратылмақта. Дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыў мақсетинде қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилмекте. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 13-октябрьдеги «Өзбекстанда талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм материаллық хошаметлеў ҳаққында»ғы 226-санлы қарарының 5-қосымшасында белгиленген Халық аралық ҳәм республикалық олимпиадалар, таңлаўлар, жарысларда жеңимпаз болған академиялық лицей, кәсип-өнер колледжлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплери оқыўшыларын хошаметлеў ҳаққындағы бәнтлериниң тийкарында 2019-2020-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасынан жәми 28 спортшы жоқары оқыў орынларында кириў имтиханларысыз студент болыў бахтына еристи, деп хабар берди Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги.
Соннан, Нөкис қаласында жайласқан спорт колледжинен 13, Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатынан 8, басқада кәсип өнер-колледжлеринен 7 питкериўши студент болды. Олардан 17 спортшы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине, 10 спортшы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына ҳәм 1 спортшы жаңадан ашылған Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалына қабыл етилди. 2018-2019-оқыў жылында 11 спортшы кириў имтиханларысыз жоқары оқыў орынларының студенти болған еди.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында