
Нызам ҳүжжетлерине муўапық, төмендеги жағдайларда шет елге шығыў ҳуқуқы шекленеди, деп жазады юридикалық мағлыўматлар telegram каналы:
1. Шахс мәмлекетлик сыр есапланған мағлыўматлардан хабары болса яки оның шет елге барыўға тосқынлық етиўши басқа шәртнама, контракт бойынша ўазыйпалары болса (ўазыйпалары орынланғанға шекем);
2. Шахсқа жынаят иси ашылған болса (ис бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етилгенге шекем);
3. Шахс судтың ҳүкими менен оғада қәўипли рецидивист деп тән алынған ямаса ишки ислер органының ҳәкимшилик бақлаўы астында болса (судланғанлық бийкар етилгенге шекем);
5. Шахста суд тәрепинен жүклетилген орынланбаған ўазыйпалар болса (ўазыйпалар орынланғанға шекем);
6. Шахс өзи ҳаққында биле тура жалған мағлыўматлар берген болса;
7. Судта шахсқа пуқаралық иси ашылған болса (ис көрип шығылғанға шекем);
8. Шахс шақырыў участкасында дизимге алынған ҳәм ҳақыйқый мүддетли әскерий хызметке шақырылыўы керек болса (әскерий хызметти өтеп болғанға шекем);
9. Шахсқа қарата Ишки ислер Министрлигинде яки Сыртқы ислер министрлигинде ўәкилликли органлардың усы шахстың шет елде болған ўақытта мәмлекет нызамларын бузғанлығы ҳаққында мағлыўматы, сондай-ақ барықы мақсетке муўапық емеслиги көрсетилген мағлыўмат болса (мағлыўмат есапқа алынған күннен баслап 2 жыл өткенге шекем);
10. Судтың ең кем ис ҳақының 2 есесинен артық болған қарызды өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети болса (қарыз толық төленип болғанға шекем).
Шет елге шығыў ушын шеклеў бар яки жоқлыўын анықлаў ушын тийисли органларға (МОБ, ИИБ, СИМ, Мәмлекет шегарасын қорғаўшы органлар) жазба мүрәжат етиў керек.
Сахибжамал Есемуратова


