Telegram karinform

Экономика

  • 24.07.2019 11:05
  • 1964

Президент Қарақалпақстандағы жумысын тоқтатқан исбилерменлик субъектлери санының көбейип кеткенлигин кескин сынға алды

Президент Қарақалпақстандағы жумысын тоқтатқан исбилерменлик субъектлери санының көбейип кеткенлигин кескин сынға алды
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында 23-июль күни киши бизнес ҳәм исбилерменликти еле де раўажландырыў мәселелерине арналған видеоселектор жыйналысы өткерилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Мәмлекетимиз басшысы жыйналыс даўамында киши бизнес ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасына муўапық жумыс алып барылыўы ҳаққында түсиник берди. Сондай-ақ, ўәлаятларда шараят жаратып берилмегени ушын өз жумысларын тоқтатқан исбилерменлик субъектлериниң саны көбейип кеткенлигин кескин сынға алды.
«Киши бизнес тараўында жумыс алып бармай атырған кәрханалар саны елеге шекем жоқары болып қалмақта. Атап айтқанда, быйылғы жылдың 1-июль жағдайында тоқтап қалған исбилерменлик субъектлериниң саны 177 мыңды ямаса улыўма субъектлердиң 26 процентин қурамақта.
Қарақалпақстанда бул көрсеткиш 30 процентти қурап, Нөкис қаласында 35, Елликқала районында 34, Қоңыратта 33 процент екенлиги анықланған. Жумыс алып бармай атырған 4 мың кәрханада өткерилген үйрениўлер нәтийжеси соны көрсетеди, олардың 1458 и (36 процент) айланба қаржылар ҳәм кредит алыў ушын гиреў болатуғын мүлк жоқ екенлигинен, 681 и (17 процент) жер ҳәм имарат ажыратыў, қурылыс ҳәм инженерлик тармақларына жалғаныў ушын рухсат алыў мәселелери шешилмегени, қарызы көбейип кеткенликтен жумысларын тоқтатқан.
Ең аянышлысы, жер, имарат ажыратыў машқалаларын өз орнында шешиў мүмкин. Кредит алыў ушын гиреў, мүлк болмаса, қамсызландырыў механизминен пайдаланыўға болады. Енди ҳәкимлер ҳәптесине үш күн усындай мәселелер менен шуғылланады», - деди Шавкат Мирзиёев.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт