Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.07.2019 17:04
  • 1174

Сырт ел дипломларын нострификациялаў тәртиби тастыйықланды. Қандай жаңалықлар бар?

Сырт ел дипломларын нострификациялаў тәртиби тастыйықланды. Қандай жаңалықлар бар?
Ҳүкиметлик қарар тийкарында сырт еллерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў (нострификациялаў) тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Талабанлар сораўнамаға билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжет, оның қосымшасы ҳәм олардың өзбек тилине аўдарма исленген нотариаллық тастыйықланған нусқасын қосымша етиўи керек болады.
Сынаў тийкарында тән алынатуғын ҳүжжетлер ушын тест сынақлары шөлкемлестириледи ҳәм бул ҳаққында 10 күн алдын билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша инспекциясының сайтында жәрияланады.
Тест сынаўы 50 сораўдан ибарат болады және 54 ҳәм оннан аз балл топлаған талабанлардың ҳүжжетлери тән алынбайды.
Уставқа муўапық, сырт еллерде улыўма орта ҳәм орта билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў бийпул әмелге асырылады. Орта арнаўлы, кәсип-өнер, жоқары билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў бойынша билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алғаны (нострификациялағаны) ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 3 есеси муғдарында төлем өндириледи.

Төмендеги жағдайларда ҳүжжетлерди тән алыў сынаўларсыз әмелге асырылады:

- улыўма орта ҳәм орта, орта арнаў, кәсип-өнер ҳәм тәжирийбесин арттырыў бойынша билим алған талабанлардың ҳүжжетлери;
- Өзбекстанда бөлимлери ҳәм қоспа билимлендириў мәкемелери болған сырт ел билимлендириў мәкемелеринде оқыған талабанлардың ҳүжжетлери;
- Халықаралық 1000 лық рейтингке кирген жоқары билимлендириў мәкемелериниң ҳүжжетлери;
- министрлик ҳәм мәкемелердиң жолламалары тийкарында билим алған талабанлардың ҳүжжетлери;
- 1992-жыл 1-январьға шекемги сырт ел билимлендириў мәкемелерине кирген талабанлардың ҳүжжетлери;
- Жоқары билимлендириўде сапаны қадағалаў бойынша Европа ассоциациясының ағзалары тәрепинен аккредитацияланған билимлендириў мәкемелеринде билим алғанлардың ҳүжжетлери;
- АҚШ, Австралия, Израиль, Канада, Сингапур, Қубла Корея, Япония мәмлекетлеринде аккредитацияланған билимлендириў мәкемелеринде билим алғанлардың ҳүжжетлери;
- Министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен ажыратылған қаржылар есабынан билим алған талабанлардың ҳүжжетлери;
- халықаралық шәртнамалар, Президент ҳәм Ҳүкиметлик ҳүжжетлерде көрсетилген жағдайларда билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлер.

Сондай-ақ, 2019-жыл 1-сентябрьден баслап сырт еллерде улыўма орта ҳәм орта билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ушын арзалар тек ғана мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...