Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.07.2019 12:41
  • 837

69 жаслы Абдурасул ата Сырдәрьядан Арал теңизине велосипедте жолға шықты

69 жаслы Абдурасул ата Сырдәрьядан Арал теңизине велосипедте жолға шықты
1950-жылы Сырдәрья ўәлаятының Боёвут районында туўылған Абдурасул ата Алланазаров Арал теңизине велосипедте жолға жықты. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
Ол дүньяны гезип жүретуғын Дин Кихот сыяқлы ҳәр қыйлы күтилмеген жағдайларды хош көретуғынлығы, бул арқалы өзиниң өмирин ҳәр қыйлы реңлерге бояў нийетинде екенлигин мәлим еткен.
- Бирақ, шаңарағым, перзентлерим буған қарсы болды. Шаршап қаласыз, велосипедте барыў қыйын, денсаўлығыңыз төменлеп кетиўи мүмкин, деп қарсы болды. Мен қарарымнан қайтпадым, - дейди 69 жаслы ата.
Кешеги мағлыўматларға қарағанда, Абдурасул ата Самарқанда ўәлаятынан өтип, Наўайыға кирип барған.
Мағлыўмат ушын, велосипедте саяхат етиўди хош көретуғын Абдурасул ата 2017-жылы август айында велосипедте Әндижан, Марғылан, Ферғана, Наманган ҳәм Қоқанд қалаларын зыяратлаған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити