Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.08.2019 10:14
  • 1139

33 жыллық стажға ийе 57 жаслы абитуриент Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарына имтихан тапсырды

33 жыллық стажға ийе 57 жаслы абитуриент Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарына имтихан тапсырды
1962-жылы Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл районында туўылған, 1986-жылдан берли Төрткүлдеги 42-санлы улыўма билим бериў мектебинде музыка пәнинен сабақ берип киятырған Нуратдин Абдуллаев 1-август күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалык институты музыкалық тәлим бағдарының сыртқы бөлимине кириў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханға қатнасты.
- Орта мағлыўматлыман. Нөкистеги көркем өнер ҳәм мәденият училищесин питкергенмен. Пенсия жасына шамаласып қалған болсам да жоқары мағлыўматлы болыў бир өмирлик әрманым. Әрманларым орынланбай қалмаўы, сондай-ақ, заман менен теңдей қәдем таслаў, билимлеримди жетилистириў мақсетинде оқыўға тапсырдым, - дейди 57 жаслы Нуратдин аға Абдуллаев.
33 жыллық стажға ийе 57 жаслы абитуриент Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарына имтихан тапсырды
Аккардион саз әсбабында өзбек, қарақалпақ, рус, ҳәттеки, ҳинд намаларын атқарған Нуратдин аға төрешилер қурамы ағзаларында үлкен қызығыўшылық оятты.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл