Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.08.2019 14:44
  • 1472

Жаслықтағы тутқынлар қай жерге жибериледи? Сораўға анықлық киргизилди

Жаслықтағы тутқынлар қай жерге жибериледи? Сораўға анықлық киргизилди
Өзбекстан Республикасының Президенти «Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң 19-санлы қәнигелестирилген Жазаны атқарыў колониясын сапластырыў ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.
Ҳүжжет тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, Қоңырат районы, Жаслық қорғанында жайласқан 19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясы сапластырылды.
19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясының имаратлары, объектлери ҳәм мүлклерин Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Нөкис қаласында жайласқан 2-санлы тергеў иркиўханасы балансына өткерип бериў ҳаққындағы усынысына разылық берилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясы хызметкерлери ҳәм әскерий хызметкерлериниң ийелеп турған лаўазымы бойынша қаржы тәмийинаты ҳәм социаллық жеңилликлери усы қарарға муўапық шөлкемлестириўшилик-штатлық өзгерислерине муўапық олардың лаўазымына қайта тайынланыўы, контрактының тоқтатылыўы ямаса пенсияға шығыўға шекем сақланып қалынады.
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги:
- бир ҳәпте мүддетте усы қарарға муўапық сапластырыў комиссиясын шөлкемлестиреди ҳәм 19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясын сапластырыў бойынша белгиленген тәртипте комплексли шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды әмелге асырады;
- бир айлық мүддетте 19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясы тутқынларын суд тәрепинен белгиленген тәртип түрине муўапық тәризде ишки ислер уйымларының басқа жазаны атқарыў колонияларына жиберилиўин шөлкемлестиреди;
- тутқынларды жаңа еркинен айырыў орынларына көшириў ўақтында 19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясы жеке қурамы арасында жоқары әскерий таярлықты ҳәм хызмет тәртибине әмел етилиўин тәмийинлейди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында