Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.08.2019 15:17
  • 1070

АҚШтың Project CURE қайырқомлық шөлкеми Қарақалпақстандағы емлеўханаларға медициналық үскенелерди жеткерип бериў нийетинде

АҚШтың Project CURE қайырқомлық шөлкеми Қарақалпақстандағы емлеўханаларға медициналық үскенелерди жеткерип бериў нийетинде
Американың Project CURE қайырқомлық шөлкеми Қарақалпақстандағы емлеўханаларға онға шамалас түрдеги медициналық үскенелерди жеткерип бериўге тайын, деп хабар берди ӨзР Сыртқы ислер министрлигине тийкарланып Газета.uz.
Project CURE – қайырқомлық мақсетлеринде медициналық үскенелерди тарқататуғын дүньядағы ең үлкен шөлкемлердиң бири. Шөлкемниң жумыслары дүньяның 135 мәмлекетин өз ишине қамтыған. Оның жумысларына 20 мыңнан аслам волонтёрлар тартылған.
Project CURE ўәкиллери Арал бойына операция әмелияты столлары, диагностикалық үскенелер, гемодиализ қурылмалары менен үскенеленген емлеўхана койкалары, ультрасес тексериўлери ушын үскенелер, рентген сканерлери, жаңа туўылған нәрестелер ушын интенсив емлеў инкубаторлары, туўыў ҳәм майыплық отырғышлары, дефибрилляторлар, лабораториялық үскенелер ҳәм медициналық кислород баллонларын жеткерип бериўге тайын.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Project CURE арасындағы өз-ара алмасыў ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылыўы байланысларды жолға қойыў бағдарындағы дәслепки қәдем болады. Усы ҳүжжет тийкарында Америка шөлкеми республикаға Арал бойы аймағындағы медициналық мәкемелердиң анық зәрүрликлерин үйрениў ушын баҳалаў миссиясын жибереди.
Миссия Қарақалпақстанға жеткерип берилетуғын қураллардың толық дизимин қәлиплестиреди. Жеткерип бериўде Арал бойы емлеўханаларының технологиялық ҳәм кадр имканиятлары есапқа алынады. Яғный, айырым үскенелерге қосымша аўысық бөлеклер (аккумляторлар, стабилизаторлар, генераторлар ҳәм басқалар) қосыў, сондай-ақ, олардан пайдаланыў бойынша қысқа мүддетли курслар өткериў жобаластырылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал