
«Жаслық» колониясында бүгинги күнде 395 жынаятшы сақланбақта, – деп хабар берди Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри Полат Бабажанов.
1999-жылы Қоңырат районының Жаслық қорғанында қурылған имараттың жабылыўы үлкен сиясий әҳмийетке ийе ўақыя болмақта.
«Бул жердиң бүгинги күндеги лимити 1100 орын. Ҳәзирги ўақытта 395 жынаятшы сақланып атыр ҳәм олардың бары-жоғы 10%и диний-экстремистлик жынаятлар ушын жынайый жуўапкершиликке тартылған шахслар», — деди министр, деп жазады газета.uz.
Президент Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан ИИМге қараслы 19-санлы қәнигелестирилген жазаны өтеў колониясының (Жаслық колониясы) жабылыўы ҳаққындағы қарары қабыл етилди. ИИМге бир ай мүддетте «Жаслық»та сақланып атырған жынаятшылар суд тәрепинен белгиленген тәртипке муўапық, ишки ислер органларының басқа жазаны өтеў колонияларына өткериў тапсырылды.
Сахибжамал Есемуратова


