Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.08.2019 15:38
  • 1029

16 күнлик узақ жолдан соң сырдәрьялы 69 жаслы Абдурасул ата Нөкиске жетип келди

16 күнлик узақ жолдан соң сырдәрьялы 69 жаслы Абдурасул ата Нөкиске жетип келди
Арал теңизиниң суўларына шекем жетип барыўды мақсет еткен сырдәрьялы 69 жаслы Абдурасул ата 16 күнлик узақ жолды басып өтип, күни кеше Нөкис қаласына жетип келди. Бул ҳаққында «Адолат» СДП ҚР Кеңеси баспасөз хаткери А.Оразымбетова хабар берди.
Узақ жолды басып өткен ата менен партия басшылары сәўбетлесиў өткерди.
16 күнлик узақ жолдан соң сырдәрьялы 69 жаслы Абдурасул ата Нөкиске жетип келди
- Мен дүньядағы ең бай адамман. Себеби, денсаўлығым жақсы, күшке толып турман. 22 жыл денсаўлықты сақлаў тараўында иследим. Бүгин 1000 километрден аслам жолды велосипедте басып өтиўиме денсаўлығым ҳәм сабыр-тақатым маған үлкен жәрдем берди. Мақсетим – Аралға аман-есен жетип алыў, - дейди Абдурасул ата.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал