Бүгин, 8-август күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен партияның бағдарламасы ҳәм 2020-2025-жылларға арналған салаў алды платформасының жойбарын додалаўға арналған дебат шөлкемлестирилди.
Илажға партия Орайлық Кеңесиниң баслығы Алишер Қодиров, Олий Мажлис Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, қалалық ҳәм районлық партия шөлкемлери ағзалары, Жоқарғы Кеңес депутатлары, белгили илимпазлар, экспертлер, жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң баслығы Алишер Қодиров сөз алып, бүгингидей раўажланыўлар ҳәм реформалар дәўиринде елимиздеги барлық партиялар өзлериниң жумысларын аналитикалық көзқарастан қайта көрип шығып, заманагөй тәризде өзгерип атырғанын, бирақ та сайлаўшы ҳәм жәмийет өзгермесе, бир пүтинлик тәмийинлейтуғынлығын айырықша атап өтти.
- Барлық реформалар тийкарында инсан ҳәм оның мәплери жатыр. Биз инсанлардың көзқарасларын раўажланыўларға жуўап бере алатуғын дәрежеде өзгертиў арқалы жәмийетти өзгертиўди мақсет еткенбиз, - деди А.Қодиров.
Дебатта өнермент Айзада Нурымбетова партия тәрепинен ҳаял-қызлар және жаслардың жәмийеттеги орнын арттырыў бойынша исленип атырған жумысларға жоқары баҳа берип, партия жанында турақлы түрде жумыс ислейтуғын ҳәм келешек әўладларға өнер үйретиўге қәнигелескен өнерментшилик орайын ашыў бойынша усыныс билдирди.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти Муборак Мамутова жаслардың информациялық иммунитетин қәлиплестириўде партияның веб-сайтын раўажландырыў бойынша усынысларын атап өтти.
Сондай-ақ, дебатта Қарақалпақстан Республикалық кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси баслығы Улығбек Жәлменов бүгинги күнниң ең әҳмийетли темаларының бири болған педагог кадрлар ҳәм тәрбияшыларды таярлаў мәселесинде нызамшылықта қайта исленетуғын, тийисли нормаларға киргизиў керек болған өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында пикир билдирди. Соның менен бирге, партияның сайлаў алды платформасына китап басып шығарыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаның жойбарын киргизиўди усыныс етти.
Дебатта ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған естеликлерди, мәдений мийрасларды қәстерлеп-сақлаў, келешек әўладларға жеткерип бериў мәселелери де айырықша додаланды. И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң илимий хызметкери Айгүл Пирназарова ҳәм басқа да илим ғайраткерлери Қарақалпақстандағы музейлер ушын кадрлар жетиспеўшилиги, әсиресе, музейлердиң илимий хызметкерлерин таярлаў ушын өзлеримиздеги жоқары оқыў орынларында кадрлар таярлайтуғын қәнигеликлерди ашыў бойынша пикир-усынысларын билдирип өтти.
Дебат соңында билдирилген сораўлар, пикир ҳәм усыныслар тийкарында партияның сайлаў алды платформасын еле де жетилистириў бойынша жумыслар алып барылатуғынлығы атап өтилди.
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң баслығы Алишер Қодиров тәрепинен партияның жаңа ағзаларына ағзалық гүўалықлары, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў және мектепке шекемги билимлендириў министрликлери, белсенди жаслар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллерине партия басламасы менен басып шығарылған «Ёш ота-она китоби», «Бахтли оила маънавияти» китаплары тапсырылды.
Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz