Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.08.2019 22:41
  • 1975

Қырғызстандағы жағдай туўралы. Karinform журналистиниң ўақыя орнынан билдирген пикирлери

Қырғызстандағы жағдай туўралы. Karinform журналистиниң ўақыя орнынан билдирген пикирлери


Президентлер ортасындағы келиспеўшиликлерден келип шыққан жәнжелден әлбетте, ҳәрдайым биринши орында халық жәбир көреди. Бул сапары да 7-8-август күнлери Қырғызстанның Бишкек қаласында усындай жағдай байқалды. Бул жағдайды өз көзим менен көрмеген болсам да, ўақыя жүз бергенде Бишкек қаласында болғанлығым мен ушын, ҳәттеки журналист болсам да, қәўиплидей сезилди.
Расын айтсам, ҳәрдайым пәтияның ўақтында жасы үлкенлеримиздиң «шаблон» қатарларға айланған «Аспанымыз ашық болсын» деген гәпи ашыўымды келтиретуғын еди. Бирақ, Нөкис қаласындағы жаз мәўсиминде байқалған «түсиниксиз», Ўзгидрометеорология орайының тили менен айтқанда, «әдетий» жағдай усы қатарлардың қаншелли дәрежеде әҳмийетли екенлигин маған уқтырды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстандағы барлық ғалаба хабар қуралларында келтирилетуғын «Өзбекстан дүньядағы ең тыныш ҳәм жәннетий мәмлекет. Басқа ҳеш жерде бундай тынышлық тәмийинленбеген» деген қатарлардан басқа жаслар сыяқлы мен де «шаршаған» едим.
8-август. Бүгинги таңым социаллық тармақтағы Қырғызстанның алдынғы президенти Алмазбек Атамбаевтың үйине шөлкемлестирилген басқыншылық сүўретленген видеоны көриў менен басланды. Бул хабарды еситип, дәслебинде оншелли дәрежеде қәўетерленбедим. Себеби, интернет сайтлары арқалы бул мәмлекеттеги ўақыяларды бақлап барғанымда бундай хабарларды көп оқығанман. Бирақ, бир ай даўамында мен оқып атырған Орайлық Азия журналистлери ушын шөлкемлестирилген Бишкек қаласында жайласқан Орайлық Азиядағы Америка университетинде түсликтен кейинги сабақлардың бираз қысқартылғанлығы мениң қорқынышымды және де арттырды. Университет оқытыўшыларының айтыўына қарағанда, бул тек жазғы институт қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын әмелге асырылып атырған «америкаша қорғаныў» деп айтылған болыўына қарамастан, басқа мәкемелер ҳәм дүканлар өз есиклерине әллеқашан қулып урған еди. Тыныш елде жасап, кәмалға келген бизлер ушын бундай сиясий жағдай, «ертең және көрисиў несип еткей, Қудайым» деген қатарлар менен мыйық тартып, шынында болса ашшы ҳақыйқат пенен хошласып атырған қырғыз халқын көрип өз елимди жанымнан артық көрдим. Қырғыз досларыма қарата: «Сизлер бул жерде жасаўға қорықпайсыз ба?» деген қатарлар қалайынша аўзымнан шығып кеткенлигин билмей де қалдым. Бул сораўдың жуўабын күтип турғанлығым ҳәммесинен де әжептәўир түйилди. Олар бул сораўға тек ғана мыйық тартыў менен шекленди.
Әлбетте, ҳәр қандай жағдайда ҳәммеге де өзи туўылып өскен мәкан шырайлы. Усындай сезимлер мени де бийлеп, тыныш ҳәм абадан елимине қайтыў үмити, Ўатан сағынышы және де артқанлығын байқадым.
Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир

Билесиз бе, айдаўшы жолда сизге ылай шашыратып кетсе жәриймаға тартылады (видео)

Билесиз бе, айдаўшы жолда сизге ылай шашыратып кетсе жәриймаға тартылады (видео)

Транспорт басқарыўшыларының автомобилди пиядалар жолларынан (тротуар) жүргизиўи, пиядаларға ылай шашыратыўы базалық есаплаў муғдарының екиден бир бөлеги...