Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.08.2019 18:18
  • 1752

Нөкистеги «Туран» МПЖ аймағындағы 423 турақ жай бузылады

Нөкистеги «Туран» МПЖ аймағындағы 423 турақ жай бузылады

ӨзЛиДеП депутатлық топарының гезектеги мәжилисинде Нөкисте бузылыўы уйғарылған турақ жайлар мәселеси бойынша жуўапкер шахслардың есабы тыңланды, деп хабар бермекте ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баспасөз хызмети.
Мәжилисте тийкарынан Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2-август күни өткерилген видеоселектордағы «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылған жумыслар, жол қойылған кемшиликлер, бузыўға (басқа жерге көшириўге) уйғарылған турақ жайлар мәселеси бойынша Нөкис қаласында алып барылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў илажлары бойынша Нөкис қалалық қурылыс бөлими архитекторы А.Оразымбетовтың есабы тыңланды.
Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен 2019-жыл 3-август күни Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мүлк ҳуқықы кепиллигин сөзсиз тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы бийлиги қабыл етилди. Оған бола, усы жылдың 5-августынан баслап пуқара ҳәм исбилерменлик субъектлериниң жер участкаларын алып қойыў ҳәм көшпес мүлкин бузыў үш басқышта әмелге асырылмақта. Ҳәким тәрепинен бузылыўы режелестирилген аймақ бойынша материаллар топламы Министрлер Кабинетине киргизиледи. Министрлер Кабинетинде қала қурылысы талаплары ҳәм финанслық есап-санақ бойынша жуўмақлар таярланады. Жуўмақ Бас министрге көрип шығыў ҳәм қарар қабыл етиў ушын киргизиледи.
Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселе бойынша А.Оразымбетов өз есабында бас жойбар 2007-жылы тастыйықланғанлығын, бүгинги күнде пайтахтымызда бузыўға (басқа жерге көшириўге) уйғарылған турақ жайлар мәселеси бойынша жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Енди Нөкистеги «Туран» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 107 гектар майдандағы 423 турақ жайдың бузылыўы нәзерде тутылғаны атап өтилди.
Мәжилис даўамында депутатлар тәрепинен күн тәртибиндеги мәселе бойынша билдирилген пикир-усыныслар тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

    Нөкис ҳәм Ургенч аэропортларында қолайсыз ҳаўа райы себепли самолётларды қабыллаўда ўақтынша шеклеўлер қойылды. Ташкент -–