Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.08.2019 10:44
  • 2180

Мойнақтағы «Қызыл жар» аймағы пуқараларының турақ жай бойынша машқалалары үйренилмекте

Мойнақтағы «Қызыл жар» аймағы пуқараларының турақ жай бойынша машқалалары үйренилмекте
Усы жылдың 5-август күни «Озодлик» радиостанциясының «Сиздан телеграм» рубрикасында Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районындағы «Қызыл жар» ширкет хожалығында жасайтуғын пуқаралар атынан мүрәжат жәрияланған.
Мүрәжатта «Қызыл жар» ширкет хожалығы 50 жыллық мүддетке Хорезм ўәлаятының басқарыўына берилгени ҳәм бул мүддет 2009-жылы жуўмақланып, Мойнақ районына қайтарылғаны, сондай-ақ, ширкет 2018-жыл 20-апрельде жуўапкершилиги шекленген жәмийет тәризинде қайта шөлкемлестирилгени, ширкетке тийисли 9 малхана, техникалық оңлаў устаханасы, жанармай қуйыў шақапшасы, монша ҳәм 74 турақ жайдың ЖШЖ балансына өтип кеткени жазылған. Мүрәжатта усы 74 турақ жайда жасап киятырған 162 шаңарақ ағзаларына турақ жайларға ийелик етиў ҳуқықы берилмей атырғаны, халық жуўапкер басшылардан жәрдем күтетуғынлығы билдирилген.
Мәлим болыўынша, «Қызыл жар» ширкет хожалығы Хорезм ўәлаятының басқарыўында болған ўақытта бул жерде 74 турақ жай қурылған. Кейин ала бул турақ жайлар ийелери тәрепинен таслап кетилгенлиги себепли усы аймақта жасайтуғын пуқаралар жайларды ийелеп алып, ҳүжжетлерсиз ҳәзирги ўақытқа шекем жасап келген.
Ширкет хожалығы Мойнақ районы қурамына киргизилгеннен соң Тенгизбай Сағындиков басшылығындағы жуўапкершилиги шекленген жәмийет сыпатында қайта шөлкемлестирилген. Ол ЖШЖ басшысы сыпатында турақ жайларды аукцион арқалы рәсмийлестирип бермекши болған. Соңынан «Қызыл жар» ЖШЖ халқы усы жылдың март айында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың қабыллаўында болып, турақ жайларды өзлериниң атына рәсмийлестирип бериўди сораған. Жоқарғы Кеңес Баслығы пуқаралардың талапларының қанаатландырылыўын айтып, бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине тапсырма берген. Әдиллик министрлиги жағдайды үйренип шығып, пуқаралардың атынан судқа арза киргизген. Бирақ, бул арза усы күнге шекем суд тәрепинен көрип шығылмағаны себепли пуқаралар «Озодлик» радиостанциясына мүрәжат жоллаған.
Ҳәзирги ўақытта «Қызыл жар» аймағында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қ.Сариев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жуўапкерлери тәрепинен пуқаралардың машқалалары үйренилмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

    Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий

Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

    Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда трансмайлардан пайдаланыўдың шекленген муғдарларын белгилеў бойынша санитария қағыйдалары ҳәм нормалары ЖСШ

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,