Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.08.2019 16:49
  • 1552

Нөкисте автомобиль ишинен бир миллион сум пул урлаған пуқара усланды

Нөкисте автомобиль ишинен бир миллион сум пул урлаған пуқара усланды
Усы жылдың 7-август күни саат 11:00 лерде намәлим пуқара Нөкис қаласында жайласқан Автомобиль жол хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи имараты алдында қараўсыз қалдырылған Нөкис қаласында жасайтуғын 39 жаслы С.А.ға тийисли «Нексия» маркалы автомобилиниң алдынғы тәрепиндеги жолаўшы айнасын ашып, автомобиль салонынан 1 000 000 (бир миллион) сум пулларын урлап кеткен. Жағдай бойынша жынаят иси ашылған еди, деп хабар берди ӨзР ИИМ.
Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Нөкис қаласы Манғыт көшесинде жасайтуғын 19 жаслы М.А. әмелге асырғаны анықланып, усланған. Тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар