Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.08.2019 15:51
  • 1861

Нөкисте жөнелисли транспортлардың жол ҳақы баҳасы көтерилди ме?

Нөкисте жөнелисли транспортлардың жол ҳақы баҳасы көтерилди ме?
Хабарыңыз бар, бүгин, 2019-жыл 15-август күнинен баслап ҳүкиметлик қарарға муўапық, республикамыз бойынша жанармай-энергетикалық ресурслардың баҳасы көтерилди.
Усы мүнәсибет пенен, 15-августтан баслап Өзбекстанның айырым аймақларында, атап айтқанда, Ташкент қаласында жөнелисли автобуслардың жол кирей баҳасы 1200 сумнан 1400 сумға көтерилгени мәлим етилди.
Бизге жолланған жолаўшылардың мүрәжатларына қарағанда, Нөкис қаласындағы жөнелисли маршрутларда жол кирей баҳасының 1000 сумнан 1500 сумға көтерилгени ҳаққында хабарлар тарқалып, айырым жөнелислерде жолаўшыларға бул бойынша надурыс мағлыўматлар тарқатылғаны ҳаққында хабарлар келмекте.
Биз жағдайға анықлық киргизиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги менен байланыстық. Транспорт министри орынбасары Тимур Сарыбаевтың бизге мәлим етиўинше, булар тийкарсыз гәп-сөзлер болып есапланады.
- 15-августтан баслап жөнелисли маршрутлардың жол ҳақы баҳалары көтерилмеди. Бирақ, жанармай-энергетикалық ресурслардың баҳасы қымбатлағаны себепли бул бойынша Қаржы министрлиги менен биргеликте усыныслар ислеп шығып атырмыз. Жол кирей баҳалары көтерилиўи бойынша кең жәмийетшиликке мағлыўматлар берилетуғынлығын айырықша атап өтпекшимиз. Рәсмий тәризде хабар тарқатылмаған екен, бундай хабарларға исенбеўди халқымыздан сорап қаламыз, - деди министр орынбасары.
Сондай-ақ, министр орынбасары Тимур Сарыбаев, егер тийкарсыз рәўиште жол ҳақы баҳаларының көтерилгени бойынша транспорт басқарыўшылары тәрепинен жолаўшылардан белгиленген баҳалардан артықша пул соралып атырған болса, пуқаралар Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң +99861 225-70-36 исеним телефон номерине қоңыраў етип, мүрәжат етиўи мүмкинлигин, пуқаралардың мүрәжатлары өз ўақтында унамлы шешилиўин мәлим етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.