Усы жылдың 14-22-октябрь күнлери аралығында Россия Федерациясының Адлер районында дүнья жүзилик студентлер ҳәм жаслардың XIX фестивалы болып өтти. Бул фестивальға 185 мәмлекеттен 25 мыңнан аслам қатнасыўшы ҳәм 5 мыңнан аслам волонтёрлар, ал Өзбекистаннан 47 қатнасыўшы рәсмий түрде, және де 50 ге шамаласы өзлериниң қызығыўшылығы бойынша қатнасты. Феситивальға ҚМУдың магистратура бөлими рус тили қәнигелигинен Айсултан Бектурсынова да билимлендириў ҳәм илим тараўы бойынша қатнасып қайтты.
«Фестиваль жүдә қызықлы болып өтти. Биз жасларда үлкен тәсир қалдырды. Мәселен, фестивальдың ашылыў мәресиминде Россия Федерациясы президентиниң өзи қатнасты. Буннан басқа да, депутатлардан Жириновский, Россия президентиниң илим ҳәм билимлендириў ислери бойынша президент жәрдемшиси Фурсенко, Россия сыртқы ислер министри Лавров, халық аралық спикер Ник Вуйчичлер қатнасып өзлериниң тәжирийбелери менен бөлисти», - дейди Айсултан толқынланып биз бенен сәўбетте.
Сондай-ақ, фестиваль дүнья жүзилик тиллер есапланған қытай, рус, инглис, француз, араб, испан тиллеринде алып барылған.
«Мен илим ҳәм билимлендириў тараўы бойынша қатнасқанлықтан, бизиң тараўымызда дүнья жүзи жасларын қыйнап жүрген машқалалар бойынша пикир алысыў болды», - дейди Айсултан.
Фестивальда ҳәр бир миллет ўәкиллериниң өзлериниң мәдениятын ҳәм көркем өнерин көрсетиўши экспо көргизбеси шөлкемлестирилген. Бул көргизбеден түскен қаржыларды (Өзбекистаннан 30 мың рубль) кеселлерге жәрдем бериўши фондқа өткерилген.
Фестивальда ҳәр түрли тараў ҳәм өнер түрлерин үйрениў ушын спорт майданлары, «келешек китапханасы», архитектура, сүўрет салыў, видео түсириў бойынша мастер класслар турақлы түрде жумыс ислеп турған.
Бул сыяқлы фестивальлардың көплеп шөлкемлестирилиўи дүнья жүзи жасларының бирлесиўине, олардың досласыўы ҳәм тәжирийбе алмасыўы ушын хызмет етеди.
Сахибжамал Есемуратова