Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.08.2019 16:51
  • 1071

Тест орайының нәтийжелерди есаплайтуғын қымбат баҳалы техникалық қураллары қәте ислеп тур ма?

Тест орайының нәтийжелерди есаплайтуғын қымбат баҳалы техникалық қураллары қәте ислеп тур ма?
Социаллық тармақларда және Мәмлекетлик тест орайының тест нәтийжелерин есаплайтуғын қымбат баҳалы техникалық қураллары қәте ислеп атырғаны ҳаққындағы мағлыўматлар тарқалмақта.
Мәмлекетлик тест орайы буларға мүнәсибет билдирди.
«Ҳүрметли абитуриентлер ҳәм ата-аналар, АҚШтың SCANTRON iNSIGHT (TM) 150 қурылмалары дүньядағы ең жетекши техникалық қураллардың бири болып табылады ҳәм олардан оғада көплеген мәмлекетлер пайдаланады. Сизлерди исендирип айтамыз, Мәмлекетлик тест орайына орнатылған жоқары тезликте ислейтуғын iNSIGHT (TM) 150 маркалы оптикалық сканер стандартқа сәйкес, саз ҳалатта ҳәм қәтесиз ислемекте. Социаллық тармақларда берилип атырған мағлыўматларға исенип қалмастан, жағдай бойынша дәслеп Мәмлекетлик тест орайына мүрәжат етилсе, анық жуўап алынса, мақсетке муўапық болар еди. Блогерлердиң жәмийетшиликке оператив хабар жеткериў принциплерине садық екенлигинен қуўанышлымыз, бирақ олар арасында оқыўшыларын бир дегенде көбейтиўге ҳәрекет етип атырған, буны анық емес пикирлер, тийкарсыз мағлыўматлар тарқатыў, улыўма «сенсация» ушын әмелге асырып атырғанлардың да ушырасып атырғанын умытпаў керек», - деп жазылған МТО хабарында.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте