Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.08.2019 16:25
  • 1273

Алименттен қарызым бар екенлиги себепли ҳеш бир мәкеме жумысқа алмай атыр? Нызам бойынша бул дурыс па?

Алименттен қарызым бар екенлиги себепли ҳеш бир мәкеме жумысқа алмай атыр? Нызам бойынша бул дурыс па?
Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 78-статьясына муўапық, Жумысқа қабыл етиўден нызамға қайшы тәризде бас тартыўға жол қойылмайды. Төмендегилер жумысқа қабыл етиўден нызамға қайшы бас тартыў деп есапланады:
- усы Кодекстиң 6-статьясының биринши бөлими талапларының бузылыўы;
- жумыс бериўши тәрепинен усыныс етилген адамларды жумысқа қабылламаў;
- жумыс бериўши нызам тийкарында мийнет шәртнамасын дүзиўи шәрт болған адамларды (белгиленген минимал жумыс орынлары есабынан жумысқа жиберилген адамларды, ҳәмиледар ҳаялларды ҳәм үш жасқа толмаған балалары бар ҳәялларды тийисли түрде олардың ҳәмиледарлығы ямаса баласы бар екенлигин бәнелеп) жумысқа қабылламаў;
- алдын судланған адамларды жумысқа қабылламаў, буған нызам ҳүжжетлеринде көрсетилген жағдайлар кирмейди, ямаса адамларды олардың жақын ағайинлери судланғанлығы себепли жумысқа қабылламаў;
- Жумысқа қабыл етиўден бас тартылған жағдайда, хызметкердиң талабы менен жумыс бериўши жумысқа қабыллаўдан бас тартыўдың себебин көрсетип үш күнлик мүддет ишинде жазба түрде жуўап бериўи шәрт, бул жуўап жумысқа қабыл етиў ҳуқықына ийе болған жуўапкер адам тәрепинен тастыйықланған болыўы керек. Тийкарланған жуўап бериў ҳаққындағы талапларды қанаатландырыўдан бас тартыў хызметкердиң жумысқа қабыллаўдан нызамға қайшы тәризде бас тартылғаны бойынша шағым етиўге тосқынлық етпейди. Бул ҳаққында ӨзР Жоқары суды жазбақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...