Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.08.2019 10:35
  • 1198

Абитуриентлер дыққатына!

Абитуриентлер дыққатына!
Нызамшылыққа муўапық, тест сынақлары нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер 21-августтан 30-августқа шекемги (белгиленген жумыс ўақтына муўапық) болған мүддетте аппеляциялық комиссиясына жазба ямаса электрон тәризде аппеляциялық шағымын бериў ҳуқықына ийе.
Аппеляциялық шағымды берген абитуриент хабарнамада белгиленген күнде өзиниң паспорты ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен келиўи шәрт.
Аппеляциялық шағымы көрилип атырған абитуриентке оның жуўаплар бетиниң нусқасы, тест тапсырмалары надурыс орынланған жуўаплар дизими және тест сынақларында абитуриентке усынылған тест тапсырмалары китабы бериледи.
Усынылған ҳүжжетлер тийкарында абитуриент өзиниң ҳәр бир надурыс деп есапланған тест тапсырмасына жуўапларын жазба түрде баян етеди ҳәм қабыллап алған барлық тест материаллары менен бирге аппеляциялық комиссиясына усынады.
Аппеляциялық шағым аппеляциялық комиссиясы тәрепинен тек ғана абитуриенттиң қатнасыўында, оның жазба жуўаплары тийкарында көрип шығылады.
Абитуриенттиң жазба жуўаплары өз тастыйығын таппаған болса, аппеляциялық комиссиясы тест сынақлары нәтийжелерин өзгериссиз қалдырыў ҳәм аппеляциялық шағымды қанаатландырыўдан бас тартыў ҳаққындағы қарар қабыл етеди.
Абитуриент мүрәжат еткенде оған аппеляциялық шағымы бойынша қабыл етилген қарардан көширме бериледи.
Абитуриенттиң жуўаплар бети, тест тапсырмалары китабы Мәмлекетлик тест орайына белгиленген тәртипте жеткерилмеген, жыртылған болса, сондай-ақ, тест сынақларынан шетлетилген ямаса өзиниң жуўапларын жазба тәризде баян етпеген абитуриенттиң аппеляциялық шағымы көрип шығылмайды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма

Миллий сувенирлер фестивалы өткерилди

Миллий сувенирлер фестивалы өткерилди

Әсирлер даўамында өзинде миллийлигимизди сәўлелендирип киятырған қарақалпақ халқының үрп-әдетлери, салт-дәстүрлери, миллий буйымлары бүгинги күнде де миллий...