Telegram karinform

Сиясат

  • 21.08.2019 15:56
  • 1847

Қарақалпақстанды еле де раўажландырыў бойынша бес баслы бағдар белгилеп берилди: Қала ҳәм районлар тараўлар бойынша қәнигелестириледи

Қарақалпақстанды еле де раўажландырыў бойынша бес баслы бағдар белгилеп берилди: Қала ҳәм районлар тараўлар бойынша қәнигелестириледи
Нөкис қаласында болып өткен жыйналыста Қарақалпақстанды еле де раўажландырыў бойынша бес баслы бағдар белгилеп берилди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.
Биринши санаатты раўажландырыў, барлық тармақларда ири ҳәм киши өндирислик кәрханаларын шөлкемлестириўден ибарат.
Екинши баслы бағдар исбилерменликтиң раўажланыўы ушын кең жол ашып бериў ҳәм оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып есапланады.
Аўыл хожалығына алдынғы технологияларды кең енгизе отырып, өндирис көлеми, зүрәәтлилик ҳәм өним түрлерин кескин арттырыў үшинши баслы бағдар етип белгиленди.
Төртиншиси – өндирис ҳәм адамлар ушын қолайлы болған заманагөй инфраструктураны жаратыў.
Арал бойы халқының жасаў шараяты ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырыў болса бесинши баслы бағдар сыпатында жәрияланды.
Президент Шавкат Мирзиёев ҳәр бир бағдарда нәзерде тутылған мәселелерге айырықша тоқталып, олар бойынша белсенди ислеў зәрүрлигин атап өтти.
Қарақалпақстанды еле де раўажландырыў бойынша бес баслы бағдар белгилеп берилди: Қала ҳәм районлар тараўлар бойынша қәнигелестириледи
Сондай-ақ, ҳәр бир район ҳәм қаланың өзине тән өзгешеликлери ҳәм имканиятларынан келип шығып, оларды ҳәр қыйлы тараўларға қәнигелестириў бойынша усыныслар берилди.
Атап айтқанда, Қараөзек районы қурылыс материаллары, Беруний, Хожели, Нөкис районлары мийўе-овощ, Тахтакөпир шарўашылық, Шоманай қусшылық, Елликқала жүзимгершилик ҳәм туризм, Мойнақ балықшылық ҳәм шарўашылық, Кегейли шарўашылық, боян тамырын қайта ислеў ҳәм қағаз санааты, Қанлыкөл дәнли егинлер ҳәм салы жетистириўге қәнигелестирилиўи атап өтилди.
Қоңыратты нефть-химия санааты ҳәм шарўашылыққа, Шымбайды боян тамырын жетистириў ҳәм қайта ислеўге, Төрткүлди шийша, айна ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўға, Әмиўдәрьяны бағшылық, тоқымашылық ҳәм пиллешиликке, Нөкис қаласын болса фармацевтика ҳәм электротехникаға қәнигелестирип, Тақыятас районын санаат өндириси аймағына айландырыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын

Кәрханаларда штатлар қысқарғанда жумыста қалыў ушын кимлер жеңилликке ийе?

Кәрханаларда штатлар қысқарғанда жумыста қалыў ушын кимлер жеңилликке ийе?

    Мийнет кодексиниң 167-статьясына муўапық, кәрханада хызметкерлер саны (штаты) қысқарыўы мүнәсибети менен мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде