Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.08.2019 15:34
  • 1454

«Урланған сейф»

«Урланған сейф»
Белгили шайыр, жазыўшы, отставкадағы подполковник Жуманияз Өтениязовтың «Урланған сейф» атамасындағы гүрриңлер топламы «Қарақалпақстан» баспасында 1000 нусқада баспадан шықты.
Топламнан автордың қәлемине тийисли детектив, ҳүжжетли ҳәм қысқа гүрриңлер орын алған болып, оларда елимизде ғәрезсизликти беккемлеў дәўиринде ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң жынаятшылыққа қарсы гүресиўдеги машақатлы хызметлери сүўретленген.
«Урланған сейф»

Гүрриңлер китап оқыўшыларының ҳуқықый мәдениятын жоқарылатады, оларды талай жынаяттың келип шығыўына себепши болған спиртли ишимликлер ишиў, нәшебентлик сыяқлы унамсыз иллетлерге қарсы тәрбиялайды.
Топламға отставкадағы генерал-майор, Қарақалпақстанға мийнети сиңген юрист, 2-дәрежели мийнет ветераны Ж.Шылманов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты А.Әбдиев, Өзбекстан, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы, жазыўшы Б.Ерназаровлар унамлы пикир билдирген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Адамға садық дос: Қарақалпақстанда 134 жынаят хызмет ийтлери жәрдеминде ашылды

Адамға садық дос: Қарақалпақстанда 134 жынаят хызмет ийтлери жәрдеминде ашылды

    Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының кинология бөлими тәрепинен усы жылдың өткен

ҚӘДДИ БҮГИЛМЕГЕН ҚӘЛЕМ ИЙЕСИ (Жалынлы шайыр Избасар Пазыл улы Фазылов өмирине бир нәзер)

ҚӘДДИ БҮГИЛМЕГЕН ҚӘЛЕМ ИЙЕСИ (Жалынлы шайыр Избасар Пазыл улы Фазылов өмирине бир нәзер)

ИЗБАСАР ФАЗЫЛОВ… Бул исм аталғанда «ҚАРАҚАЛПАҚ» деп аталған миллетке дәрекли ҳәрбир адамның ядына ең алды менен...