Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.08.2019 17:51
  • 1629

БОЗАТАЎДЫҢ ЖОЛЫНДАҒЫ ТОҒАЙЛАР


Ибрайым ЮСУПОВ

БОЗАТАЎДЫҢ ЖОЛЫНДАҒЫ ТОҒАЙЛАР
Е. Ембергенге.



Бозатаўдың жолындағы тоғайлар,
Көргенде көзимниң жаўын алдыңыз.
Қалай бульдозерден аман қалдыңыз,
Бозатаўдың жолындағы тоғайлар?

Тораңғыл кегейге басларын шатқан,
Қусыңды мергенлер ушардан атқан,
Даўыткөлге дейин созылып жатқан,
Кең ҳаўалы, зейин ашқан тоғайлар.

Жасыл шатырдайсаң жазда саялы,
Дем алсам дер жолаўшының қыялы,
Гүз паслында турдың зер липас кийип,
Алтын менен шайқағандай дүньяны.

Бәҳәрде өткенде үстиңнен сениң,
Қуслар жуғырласқан сестиңнен сениң,
Дүнья сонша сулыў көринди маған,
Нәзер салсам жасыл кешкиңнен сениң.

Жанға тийди қапырық ҳаўалы қала,
Машинаңды тоқтат, Емберген бала!
Қайда жүрсем, қыялымда ырғалар,
Бозатаўдың бойындағы тоғайлар.

1989-жыл.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Нөкис районы автомобиль жолындағы екинши радар қай жерге орнатылды?

Нөкис районы автомобиль жолындағы екинши радар қай жерге орнатылды?

Нөкис районы «Тақыркөл» АПЖ аймағынан өтетуғын «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» 4P 176 автомобиль жолының 18-километрине ҳәр қандай жол-транспорт ҳәдийселериниң...

«Алматы-Ташкент» жолындағы ЖТҲда қайтыс болғанлардың барлығы Өзбекстаннан ба?

«Алматы-Ташкент» жолындағы ЖТҲда қайтыс болғанлардың барлығы Өзбекстаннан ба?

Жамбыл областының Қордай районында жолаўшы автобусы аўдарылыўы ақыбетинде 11 жолаўшы қайтыс болғаны ҳаққында хабар берген едик.Бул...

Соңғы 12 жыл даўамында Аралдың қурыған аймақларында қанша гектарлық тоғайлар жүзеге келди?

Соңғы 12 жыл даўамында Аралдың қурыған аймақларында қанша гектарлық тоғайлар жүзеге келди?

Мәмлекетимиз Арал машқалаларын шешиў бағдарында Германия, Франция ҳәм басқа мәмлекетлер, сондай-ақ, Глобаллық экологиялық қор, БМШның Раўажланыў...