
Әдиллик министрлигиниң хабар бериўинше, Есемурат Султамуратович Каньязов Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-августтағы ПҚ-4428-санлы қарарына муўапық басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң орынбасары – Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети ректоры лаўазымынан босатылды.
Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2019-жыл 29-августтағы 552-шт-санлы буйрығы тийкарында Е.С.Каньязов Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуал мүлк агентлиги директорының орынбасары лаўазымына тайынланды.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz