
Қоңырат районы суд баслықлары ҳәм Бас Министрдиң Қоңырат районындағы исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы менен биргеликте, 2019-жыл 5-сентябрь күни Қоңырат районы «Мәденият сарайында» исбилерменлер менен ушырасыў өткерди, деп хабар берди Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды баслығы Д.Разов.

Онда пуқаралардың киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўда ушырасып атырған машқалаларын тыңлап, олардың нызамлы шешимлерин табыў бойынша қайсы уйымға қандай тәртиплерде мүрәжат етиў кереклиги бойынша түсиниклер берилди. Соның менен бирге кейинги ўақытлары Ҳүкиметимиз тәрепинен киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша шығарылып атырған бир қатар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша мағлыўматлар берилди.
Сахибжамал Есемуратова


