Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.09.2019 16:13
  • 938

НМПИдиң Елликқаладағы педагогика факультети жумысын баслады

НМПИдиң Елликқаладағы педагогика факультети жумысын баслады
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқаладағы педагогика факультетиниң рәсмий ашылыў салтанаты болып өтти.
Факультет қурамы анық ҳәм тәбийғый пәнлер кафедрасы және социаллық ҳәм гуманитар пәнлер кафедрасынан ибарат болып, бул жерде инглис тили ҳәм әдебияты, математиканы оқытыў методикасы, өзбек тили ҳәм әдебияты және дене тәрбиясы бакалавр билимлендириў бағдарлары бойынша жетик педагог кадрлар таярлаў жумыслары жолға қойылмақта.
НМПИдиң Елликқаладағы педагогика факультети жумысын баслады
Ашылыў салтанатында институт басшылары, профессор-оқытыўшылар, студентлер және олардың ата-аналары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 26-сентябрьдеги «Жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын талабанларды мақсетли таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3290-санлы қарарында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў және студентлердиң турақлы жасаў орынларына жақын болған аймақта билим алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 24-июль күнги №669 буйрығы тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқала педагогика факультети шөлкемлестирилди.
НМПИдиң Елликқаладағы педагогика факультети жумысын баслады
Факультетте Елликқала районы ҳәм оған жақын аймақларда жасайтуғын студентлер билим алып, Қарақалпақстанның қубла районлары және Хорезм, Бухара ўәлаятлары ушын педагог кадрлар таярлаўда үлкен әҳмийетке ийе болыўы күтилмекте.
Ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын