Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.09.2019 14:38
  • 1405

НМПИ ректоры студентлерге «стипендиялы» ҳәм «стипендиясыз» оқыў бойынша кең түрде түсиник берди

НМПИ ректоры студентлерге «стипендиялы» ҳәм «стипендиясыз» оқыў бойынша кең түрде түсиник берди
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институт ректоры Байрам Отемуратов 13-14-сентябрь күнлери институттағы барлық факультетлерге барып, топар сәрдарлары болған белсенди студент-жаслар менен ушырасыўлар өткерди.
Көпшиликке белгили, 2019-2020-оқыў жылынан баслап республикамыздағы жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийарында оқытыўды «стипендиялы» ҳәм «стипендиясыз» көринисте шөлкемлестириў, сондай-ақ, барлық студентлер ушын 400 мың сумлық стипендия төлеми бойынша реформалар енгизилиўи күтилмекте. Бул көпшилик студентлер ҳәм олардың ата-аналары арасында түсинбеўшиликлерге алып келмекте.
НМПИ ректоры студентлерге «стипендиялы» ҳәм «стипендиясыз» оқыў бойынша кең түрде түсиник берди
Усындай түсинбеўшиликлердиң алдын алыў, студентлерге бул бойынша кең түсиник бериў – ушырасыўдың тийкарғы мақсети болды.
Институт ректоры бурынғы ҳәм енди енгизилип атырған система бойынша презентация ислеп, буның барлығы студентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын үлкен имканият екенлигин айырықша атап өтти.
НМПИ ректоры студентлерге «стипендиялы» ҳәм «стипендиясыз» оқыў бойынша кең түрде түсиник берди
- Бул система енгизилиўи арқалы усы күнге шекем ҳәр бир жоқары оқыў орнында тек ғана жақсы баҳа ушын оқыў, буның ушын коррупциялық жағдайларды келтирип шығарыў сыяқлы унамсыз иллетлер сапластырылады. Контракт суммасын көпшилик жағдайларда ата-аналар төлейди. Базалық төлемли контракт суммасының азайтылғаны ҳәм оны айма-ай төлеў имканиятының жаратылғаны ул-қызларының контракт төлемин төлеўде ата-аналар ушын үлкен имканият жаратады, - деди институт ректоры. – Сондай-ақ, стипендия муғдары тек ғана 400 мың сум деген ойда қатып қалмаў керек. Егер студент жақсы баҳаларға оқыса, стипендиясына 50 процентлик, сондай-ақ, қосымша 20 процентлик хошаметлеўши қаржы қосылыўы мүмкинлигин атап өтиўимиз керек.
Илажда студентлер өзлерин қызықтырған барлық сораўларына толық жуўаплар алды.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...