Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.09.2019 12:18
  • 2261

Теримши ҳаял бир күнде 500 кг пахта терди. Оған автомобиль саўға етилди

Теримши ҳаял бир күнде 500 кг пахта терди. Оған автомобиль саўға етилди
Әндижанлы теримши ҳаял бир күнде ярым тонна (500 кг) пахта терип, рекорд орнатты. Бул рекорд ушын Әндижан ўәлаяты ҳәкимияты теримши ҳаялға «Спарк» автомобилин саўға етти, деп хабар бермекте Togri.uz.
Хабарда жазылыўынша, пахта териминде белсене қатнасып атырған теримшилерге ўәлаят ҳәкимияты тәрепинен холодильник, телевизор сыяқлы хошаметлеўши саўғалар берилмекте.
Мағлыўмат ушын, ҳүкиметлик қарарға муўапық машинада терилген 1 тонна пахта ушын 600 000 сум хызмет ҳақы, қолда терилген 1 кг пахта ушын биринши теримде 800 сумнан, екинши теримде 1200 сумнан, мәўсим даўамында терим отряды басшыларына ҳәр айда 2 миллион сумнан, терим орайлары басшыларына 3 миллион сумнан мийнет ҳақы төленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт