
Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кеңесиниң қоспа мәжилисинде мақулланған «Той-мерекелер, шаңарақлық байрамлар, мәресимлер, марҳумларды ядқа алыў менен байланыслы илажларды өткериўди тәртипке салыўды буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарарда ҳәм оның уставында жерлеў ҳәм аза тутыў мәресимлери менен байланыслы дүньядан өткен адамның «жетиси», «пийшембиси», «екшембиси», «жигирмасы», «қырқы», «жылы», «пул тарқатыў», «таўар үлестириў» ҳәм тағы да басқа илажларды өткериўге жол қойылмайды. Бул қарар 2020-жылдың 1-январынан баслап күшке киреди.
Сахибжамал Есемуратова


