Telegram karinform

Спорт

  • 18.09.2019 15:21
  • 1802

Қарақалпақстанлы самбошы Азия чемпионатында алтын медальды қолға киргизди

Қарақалпақстанлы самбошы Азия чемпионатында алтын медальды қолға киргизди
Усы жылдың 13-15-сентябрь күнлери Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында самбо бойынша ересеклер, жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында Азия чемпионаты болып өтти.
Оған Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы Аман Ғаниев те қатнасты.
Қарақалпақстанлы самбошы Азия чемпионатында алтын медальды қолға киргизди
- 52 кг салмақ категориясы бойынша жарысқа қатнасқан жерлесимиз барлық қарсыласларына қарағанда күшли таярлыққа ийе екенлигин көрсетип, чемпионаттың алтын медалын қолға киргизди ҳәм Азия чемпионы болды.
Мағлыўмат ушын, самбо бойынша өткерилген Азия чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы улыўма 40 медаль – 23 алтын, 11 гүмис ҳәм 6 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 1-орынды ийеледи.
Қарақалпақстанлы самбошы Азия чемпионатында алтын медальды қолға киргизди

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай