Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.09.2019 14:48
  • 1552

13 кийикти нызамсыз аўлаған браконьерлер усланды. Оларға қандай шара көрилди?

13 кийикти нызамсыз аўлаған браконьерлер усланды. Оларға қандай шара көрилди?
Усы жылдың 22-сентябрь күни Мойнақ районы «Қазақдәрья» АПЖ аймағынан өтип турған Ақшадәрья коллекторында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети инспекторлары гезектеги рейдти өткериў даўамында жәйран кийигин аўлап киятырған браконьерлерди услады. Бул ҳаққында комитеттиң жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен ислесиў бөлими хабар берди.
Инспекторлар М.Рысназаров, Д.Қәллибеков ҳәм А.Қәлимбетовлар коллектордың аяқ тәрепинде түнги 03:00 лер шамасында «УАЗ-469» маркалы мәмлекетлик белгиси 95 V 654 DA болған автомашинаны иркип, ишки салонын көзден өткергенинде 13 дана жәйран кийиги ҳәм 2 дана аңшылық мылтығы бар екенлигин анықлаған.
Сорастырыў даўамында Тахтакөпир районы турғынлары болған Б.Т., Г.П., Т.М., Т.М. ҳәм А.П.лар нызамсыз түрде Ақшадәрья коллекторының Қызыл сора деп аталатуғын жеринен 13 жәйран кийигин аўлағаны мәлим болды.
Бул пуқаралардың тәбиятқа келтирген зыян муғдары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 20-октябрьдеги қарарының қосымшасына муўапық есаплап шығылды ҳәм оларға 144 950 000 сум муғдарында жәрийма белгиленди.
Ҳәзирги ўақытта тийисли ҳүжжетлер топланбақта, - деп жазылған хабарда.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...