Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.09.2019 12:32
  • 1501

Қанлыкөлде нызамсыз түрде қырғаўыл аўлаған пуқаралар усланды

Қанлыкөлде нызамсыз түрде қырғаўыл аўлаған пуқаралар усланды
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң Қанлыкөл районлық инспекциясы усы жылдың 10-сентябрь күни гезектеги өткерилген рейд даўамында район аймағында аң аўлаў қадаған етилген ўақытта пуқаралар Б.П. ҳәм Р.Н.лар тәрепинен 3 дана қырғаўыл аўланғаны анықланып, иркилген.
Комитеттиң жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен ислесиў бөлиминиң хабар бериўинше, бул пуқаралар тәрепинен тәбиятқа 1 338 000 сум зыян келтирилген. Жағдай бойынша топланған материаллар Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 90-статьясы 4-бөлимине тийкарланып көрип шығылмақта.
Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, республикамыз аймағында 2019-2020-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет