
2006-жылдан берли Henley & Partners компаниясы Халық аралық ҳаўа транспорты шөлкеми (IATA) менен биргеликте виза шеклеўлери индекси сыпатында белгили болған паспортлар индексин жәриялап келмекте.
Жақында компания ҳәр түрли мәмлекетлер пуқараларының дүнья бойлап еркин ҳәрекетлене алыў дәрежесин көрсетиўши паспортлар рейтингин жаңалады. Жаңа рейтингге муўапық, Өзбекстан алдынғы рейтингге қарағанда 4 позицияға төменлеп, 85-орынды ийеледи, деп жазады Kun.uz. Өзбекстанлылар ҳәзирде 56 мәмлекетке визасыз кире алады.

Дәрек: Henley & Partners
Март айындағы рейтингде Өзбекстан пуқаралары 58 мәмлекетке визасыз кире алыўы менен 81-орынды ийелеген еди.
Рейтингниң ең жоқары текшесин Япония ҳәм Сингапур ийелеген. Бул мәмлекетлердиң пуқаралары 190 мәмлекетке визасыз кире алады ямаса киргеннен кейин виза алыўы мүмкин.
Сахибжамал Есемуратова