
2-октябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында жол хожалығын раўажландырыў ҳәм усы тараўға инвестицияларды кеңнен тартыў мәселелерине бағышланған жыйналыс болып өтти, деп жазады Xabar.uz.
Жыйналыста Президент Өзбекстанда цемент ислеп шығарыў көлеми артып атырғанлығын есапқа алып, жаңадан қурылатуғын ҳәм реконструкция етилетуғын мәмлекетлик әҳмийетке ийе жолларды басқышпа-басқыш цемент-бетон қапламаға өткериў кереклигин айтып өтти. Мәмлекетимизде жол қурылысында бүгинги күнде тийкарынан асфальт-бетон қолланылады. Бундай жоллардың хызмет етиў мүддети 10-15 жыл болып, 4-5 жылдан соң қайта реконструкция етиў талап етиледи. Цемент-бетон қапламалы жолларды қурыў 15-20%ке қымбат болса да, эксплуатация мүддети 2-3 есеге көп.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz