Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.10.2019 10:52
  • 1361

Өзбекстанда зергерлик буйымларын ислеп шығарыў, импорт етиў ҳәм реализациясын қадағалаў тәртиби белгиленди

Өзбекстанда зергерлик буйымларын ислеп шығарыў, импорт етиў ҳәм реализациясын қадағалаў тәртиби белгиленди

Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 2-октябрьдеги 834-санлы қарары менен зергерлик буйымларын ислеп шығарыў, импорт етиў ҳәм олардың реализациясы мониторингин әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы уставы тастыйықланды, деп жазады Әдиллик министрлигиниң Telegram’дағы «Huquqiy axborot» каналы.
Оған муўапық, Мәмлекетлик салық комитетинде зергерлик буйымларын ислеп шығарыў, импорт ҳәм реализация етиў менен шуғылланыўшы исбилерменлер ҳаққында мағлыўматлар базасы ислеп шығылады. Усы мағлыўматлар базасы тийкарында исбилерменлердиң есаплары, сондай-ақ, салық төлеўшилер миннетлериниң пайда болыўы ҳаққында тийисли шөлкемлерден алынған мағлыўматлар менен салыстырыў арқалы камерал қадағалаў өткериледи.
Камерал қадағалаў нәтийжесинде өзгешелик анықланса, салық төлеўшиге оның есапларына тийисли дүзетиўлер киргизиў ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша талапнама жибериледи. Исбилерменлердиң искерлигинде жынаят белгилери табылса, материаллар ҳуқуқты қорғаўшы органларға жибериледи.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте