Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.10.2019 12:22
  • 1087

Мектеплердиң үлгили хызметкерлери материаллық тәрептен қоллап-қуўатланады (толық)

Мектеплердиң үлгили хызметкерлери материаллық тәрептен қоллап-қуўатланады (толық)

2019-жыл 30-сентябрь күни Министрлер Кабинетиниң «Улыўма орта билим бериў орынларының үлгили хызметкерлерин материаллық тәрептен қоллап-қуўатлаў тәртибин раўажландырыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, директор фонды қаржысы есабынан улыўма орта билим бериў орынларының үлгили хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў системасы енгизиледи, деп жазады Таълим / Образование telegram каналы.

Фондтың ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:


  • улыўма билим бериў орынларының үлгили педагог, психолог ҳәм китапхана хызметкерлериниң (олар улыўма санының көби менен 50%) базалық тариф ставкасына ҳәр айлық үстеме белгилеў жолы менен оларды материаллық қоллап-қуўатлайды;

  • улыўма билим бериў орынларының хызметкерлерин сыйлықлаў ҳәм оларға материаллық жәрдем бериў;

  • тежелген қаржылар болған жағдайда, усы қаржылар есабынан хызметкерлердиң ўақытша мийнетке жарамсызлығы бойынша төленбеген напақаларын төлеў.


Педагог хызметкерлердиң искерлигин баҳалаў критериялары тийкарында топланған улыўма баллары бойынша оларға төмендеги муғдарларда үстеме ҳақы белгиленеди:


Егер педагог
65-70 балл топласа – 10%;
71-75-балл топласа – 15%;
76-80 балл топласа – 20%;
81-85 балл топласа – 25%;
86-90 балл топласа – 30%;
91-95 балл топласа – 35%;
96-100 балл топласа – 40%.

Улыўма билим бериў орынларының педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларына фонд есабынан ҳәр айлық үстемелер жаңа оқыў жылы ушын өткен оқыў жылы жуўмақлары бойынша белгиленеди.

Китапхана хызметкерлериниң искерлигин баҳалаў критериялары тийкарында топланған улыўма баллары бойынша оларға төмендеги муғдарларда үстеме ҳақы белгиленеди:


Егер китапхана хызметкери
65-75 балл топласа – 10%;
76-85-балл топласа – 15%;
86-100 балл топласа – 20%.

Психолог хызметкерлердиң искерлигин баҳалаў критериялары тийкарында топланған улыўма баллары бойынша оларға төмендеги муғдарларда үстеме ҳақы белгиленеди:


Егер психолог
65-75 балл топласа – 10%;
76-85-балл топласа – 15%;
86-100 балл топласа – 20%.

Фонд исши топары ҳәр жылдың 1-июлине шекем улыўма билим бериў орынларының ҳәр бир педагог, психолог ҳәм китапхана хызметкерлери искерлигин баҳалайды ҳәм нәўбеттеги оқыў жылы ушын жоқары нәтийже көрсеткен хызметкердиң базалық тариф ставкасына ҳәр айлық үстеме муғдарын белгилейди.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...