Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.10.2019 11:56
  • 1179

ҚМУда «Стартап-басламалары»ның биринши басқышы өткерилди

ҚМУда «Стартап-басламалары»ның биринши басқышы өткерилди

Усы жылдыӊ 3-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында «Стартап-басламалары» жаслардыӊ инновациялық идеялары ҳәм стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў бағдарламасының биринши басқышы өткерилди.
Жаслардыӊ интеллектуал ҳәм дөретиўшилик қәбилетин жүзеге шығарыў, имканиятларын және де арттырыў, олардыӊ инновациялық идеяларын ҳәм бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў, раўажланырыў ҳәм тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеӊеси, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Өзбекстан саўда-санаат палатасы ҳәм Дәстүрий тәмийинлеў өнимлери ҳәм информациялық технологиялар парки (IT-парк) менен биргеликте Бирлескен миллетлер шөлкеми раўажланыў бағдарламасының «Өзбекстанда жаслар бәнтлигине көмеклесиў» қоспа жойбарлары тийкарында әмелге асырылды.

ҚМУда «Стартап-басламалары»ның биринши басқышы өткерилди

Бағдарлама ҳаққында толық мағлыўматты, оның мақсет ҳәм ўазыйпалары, арза жибериў ҳәм қатнасыў тәртиби, таӊлаў шәртлери ҳәм бағдарламада қатнасыў шәртлери, сондай-ақ кеӊ көлемде қатнасыўшыларды тәмийинлеў мақсетинде үш тилде бағдарламаның веб-сайты http://startup.mehnat.uz ислеп шығылған. Буннан тысқары, https://t.me/startup_initiatives telegram каналы, https://www.facebook.com/startupuzb Facebook социаллық тармағы арқалы да мағлыўматларды алыўыңызға болады.

ҚМУда «Стартап-басламалары»ның биринши басқышы өткерилди

Еӊ жақсы жойбарлар, командалар бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәм режедеги инвесторлар қатнасыўында өткерилетуғын жуўмақлаўшы илаж-«Demo day» өз жойбарларын усыныс етиў имканиятына ийе болады. Бағдарлама жуўмағы бойынша ең жақсы жойбарлар командалары жойбарларын әмелге асырыў ушын хошаметлеўши саўғалар ҳәм 50 миллион сўм мақсетли бийғәрез пул саўғасы бериледи.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...