Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.10.2019 15:23
  • 980

Өзбекстандағы ең арзан мал ҳәм қой гөшиниң баҳасы «Нөкис дийқан базары»нда екенлиги анықланды

Өзбекстандағы ең арзан мал ҳәм қой гөшиниң баҳасы «Нөкис дийқан базары»нда екенлиги анықланды

Мәмлекетлик статистика комитетиниң telegram каналында 4-октябрь күни берген мағлыўматларына муўапық, 1 кг мал гөшиниң минимал баҳасы Нөкис қаласындағы «Нөкис дийқан базары»нда екенлиги анықланған. Буннан тысқары, Ташкент қаласындағы «Фарҳад дийқан базары», Үргениш қаласындағы «Үргениш орайлық дийқан базары»нда да оның баҳасы 35 000 сўм екенлиги көрсетип өтилген. Өзбекстан бойынша максимал баҳалар болса, Ташкент қаласындағы «Фарҳад дийқан базары», «Олой дийқан базары», «Қойлық дийқан базары», «Мирабад дийқан базары»нда байқалған (55 000 сўм).

Өзбекстандағы ең арзан мал ҳәм қой гөшиниң баҳасы «Нөкис дийқан базары»нда екенлиги анықланды

Сондай-ақ, елимиз бойынша қой гөшиниң минимал баҳасы да бақлаўлар нәтийжесине муўапық, Нөкис қаласындағы «Нөкис дийқан базары»нда (35 000 сўм) екенлиги айтып өтилген. Максимал баҳалар Ташкент қаласындағы «Олой дийқан базары»нда (60 000 сўм) екенлиги анықланған.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...