Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.10.2019 00:28
  • 1566

Әмиўдәрьяда алдынғы фермерге Кобалт саўға етилди

Усы жылдың 6-октябрь күни Әмиўдәрья районы ҳәкими Султанбай Йўлдашев районындағы Толқын, Күйик көпир аўыллары ҳәм Намуна мәҳәллесинде өз искерлигин жүргизип киятырған фермерлер, алдынғы теримшилер менен ушырасып, пахта жыйын-теримине қатнасып атырғанларға миннетдаршылық билдирди. Белсенди теримшилерди қымбатбаҳалы саўғалар менен сыйлықлады.

Әмиўдәрьяда алдынғы фермерге Кобалт саўға етилди
amunews.uz


Әмиўдәрьяда алдынғы фермерге Кобалт саўға етилди
amunews.uz


Аймақтағы ең жоқары өнимдарлыққа ерискен Күйик көпир аўылындағы «Сардор суўшы» фермер хожалығының баслығы Орынбай Матякубовқа район ҳәкими Cobalt автомашинасын саўға етти, деп жазады amunews.uz.

Әмиўдәрьяда алдынғы фермерге Кобалт саўға етилди
amunews.uz


Бул жылы районда биринши мәрте пахтаны кластер усылында жетилистириў әмелияты жолға қойылды. Сондай-ақ, мақалада келтирилиўинше, кластерге Әмиўдәрья районындағы 9 альтернатив машина-трактор парклары хызмет көрсетиўши 185 фермер хожалықлары бириктирилген. Усы фермер хожалықларының 7 мың 146 гектар майданына егилген пахтадан 17 мың 472 тонна өним алыў режелестирилген.

Әмиўдәрьяда алдынғы фермерге Кобалт саўға етилди
amunews.uz


Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал