Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.10.2019 09:38
  • 1288

Қоңыратта «Өрт профилактикасы күни» ҳәм «Бес баслама, бес имканият» атамасындағы илажлар өткерилмекте

Қоңыратта «Өрт профилактикасы күни» ҳәм «Бес баслама, бес имканият» атамасындағы илажлар өткерилмекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-май күнги ПҚ-2992-санлы Қарарына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы бойынша ҳәр ҳәптениң үшинши күни «Өрт профилактикасы күни» ҳәм «Бес баслама, бес имканият» атамасындағы ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестирилди.

Қоңыратта «Өрт профилактикасы күни» ҳәм «Бес баслама, бес имканият» атамасындағы илажлар өткерилмекте

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги Басқармасы Қоңырат районы өрт қәўипсизлиги бөлими, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қоңырат районлық Кеңеси, Қоңырат районы Дене тәрбия ҳәм спорт бөлими сондай-ақ, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қоңырат районлық бөлимлери менен биргеликте мектеп оқыўшылары арасында спорттың киши футбол жарысы өткерилди. Жарысты өткериўден мақсет район аймағында жүз берип атырған өртлердиң алдын алыў, пуқаралардың өз жасаў үйлеринде өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына итибарлы болыўы, ҳәм де халық саламатлығы ҳәм дене тәрбиясын беккемлеў, жасларды спортқа қамтыў мақсетинде профилактикалық жумыслар алып барылды. Жарыс соңында белсене қатнасқан оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...