Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.10.2019 08:37
  • 1077

Халық билимлендириў системасындағы ең көп сын мақалалар қайсы ўәлаятларға туўры келеди? Қарақалпақстан нешинши орында?

Халық билимлендириў системасындағы ең көп сын мақалалар қайсы ўәлаятларға туўры келеди? Қарақалпақстан нешинши орында?

Усы жылдың 8-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде болып өткен видеоселектор жыйналысында аймақлық басқармалардың ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды, деп жазады Халық билимлендириў министрлиги баспасөз хызмети.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Информация ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң мағлыўматына муўапық, 9 ай даўамында система бойынша сын мақалалардың саны 226ны қураған. Тийкарғы машқалалар сабақлық, оқыў қуралларының жетиспеўшилиги, мектепке қабыллаў процесинен ибарат.
Министрликтиң баспасөз хызмети тәрепинен усы сын мақалалар анализленгенде, бул ўақыт аралығында ең көп сын Самарқанд ўәлаяты (41), Қашқадәрья ўәлаяты (16), Сурхандәрья ўәлаяты (11) ҳәм Ташкент қаласына (11) туўры келген. Мағлыўматта Қарақалпақстан Республикасы ҳаққында айрықша атап өтилмеген.
Сондай-ақ, ҳәр бир аймақлық басқарма рәсмий веб-сайтлары, Facebook ҳәм Telegram тармақларында рәсмий бетлерин жүргизиўин айтып өткен.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...