
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 4-октябрьдеги қарарына тийкарланып, Көшпес материаллық мәдений мийрас объектлериниң миллий дизими тастыйықланды, деп жазады Gazeta.uz.
Дизимнен 8208 көшпес материаллық мәдений мийрас объекти орын алған. Олардан 4748и – археологиялық естеликлер, 2250и— архитектуралық естеликлер, 678и — монументал көркем естеликлери ҳәм 532и – дыққатқа ылайықлы орынлар.
Көшпес материаллық мәдений мийрас объектлериниң үлкен бөлими Самарқанд (1607 ta), Қашқадәрья (1468 ta), Бухара (829 ta) ҳәм Ташкент ўәлаятларында (828 ta) дизимге алынған.
Миллий дизимге киргизилген объектлерге тарийхый ҳәм мәдений әҳмийетлилиги себепли гиреўге қойыў ямаса ипотека қолланылыўы мүмкин емес.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


